2023-жыл 24-август күни Хожели районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов басшылығында көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда, район сектор басшылары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер қатнасып, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери көрип шығылды.
Пуқаралар тәрепинен бәнтлигин тәмийинлеў, жасларға ажыратылып атырған жеңилликлер бойынша субсидия алыў, материаллық ҳәм медициналық жәрдемлер бойынша машқалалары тыңланды. Қабыллаўда айрым мәселелер өз орнында унамлы шешелип, мүддет талап етилетуғын мүрәжатлер ушын тийисли жойбарлар қабыл етилди.
Буннан соң, «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде турыўшы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде субсидия тийкарында керекли әсбап-үскенелер ҳәм «vaucher»лер салтанатлы түрде тапсырылды.