2023-жыл 3-август күни Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм 2-санлы Спорт мектебинде «Аймақлық тармақлар-аралық санаат ярмаркасы» бойынша медиа тур болып өтти.
Бул медиа турды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов ашып берди.
Шөлкемлестирилген илаж шеңберинде тәбийий ҳәм минерал ресурсларды қайта тиклеў, нефт-химия санааты өнимлери, қурылыс материаллары, мебель усташылығы, электротехника өнимлери санааты менен шуғылланыўшы «UzbekNefteGaz», «Shortan» GKM, «Uzeltexsanoat», «Artikul Aziya Kabel», «Kungrad soda zavodı» AJ, «Solar Sall», OOO «ASTESS Atramatik Steril Jarrohlik Iplari», OOO «Kardar» ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Ярмарканы шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – исбилерменлер ҳәм ислеп шығарыўшылар ортасында өз-ара байланысты беккемлеў, мәмлекетимизде қарыйдары жоқары болған ҳәм импорт орнын басыўшы товарларды ислеп шығарыўды раўажландырыўдан ибарат.
Медиа тур даўамында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери тәрепинен берилген барлық сораўларға Министрлер Кеңесиниң Баслығы тәрепинен жуўап берилди.