Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.
Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен медициналық жәрдем, үй-жай менен тәмийинлеў, материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Мүрәжатлар тийисли тәртипте көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң унамлы шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.