Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң орынбасары А.θтеулиев тәрепинен район аймағындағы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде белгиленген график тийкарында көшпели қабыллаўы болып өтти.
Қабыллаўда район ҳәкими орынбасары Қ.Дарибаев районлық салық инспекциясы баслығы Қ.Турсымуратов ҳәм тийисли тараў басшылары менен биргеликте район аймағындағы исбилерменлер қатнасты.
Қабыллаў даўамында исбилерменлер кредит ажыратыў, субсидия, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ҳәм де салық қарыздарлығын қайтарып бериў мәселелеринде мүрәжат етти.
Исбилерменлердиң мүрәжатларынан айырымлары сол орынның өзинде шешилген болса, үйренип шығылыўы ушын ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша жуўапкер қәнигелерге анық тапсырмалар берилди.