21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалы ҳаққында каталог Уллы Британия пайтахты Лондон қаласында сатылмақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 30-апрельдеги “Ишки туризм хызметлерин диверсификациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-232-санлы қарарына муўапық, республикадағы ҳәр бир аймақтыӊ туристлик потенциалын толық көрсетип бериўши туристлик карталарын (Guidebook) ислеп шығыў, баспадан шығарыў ҳәм бийпул тарқатыў ўазыйпалары белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ басламасы менен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте “Bradt Travel Guides” басылымында Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалы ҳаққында каталог таярлаў жойбары әмелге асырылды. Жойбар шеӊберинде 2022-жыл Өзбекстанныӊ Уллы Британиядағы туризм елшиси Софи Ибботсон ҳәм ҒХҚ ўәкили Стефани Адамс ушын елимиздиӊ бир қатар туристлик объектлери бойлап пресс-тур шөлкемлестирилген еди. Пресс-тур даўамында шет елли мийман И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи, жас художник Бахтияр Серекеев ҳәм оныӊ әкеси, Қарақалпақстан халық художниги Базарбай Серекеевтиӊ үй-галереясы, соныӊ менен бирге, Шымбай районындағы миллий өнерментлер ҳәм басқа да дыққатқа ылайықлы орынлары менен жақыннан танысты. 

Әмелге асырылған бул жойбарлар нәтийжесинде, Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалы ҳаққында каталог баспадан шығарылып усы жылдыӊ июнь айынан баслап Лондан қаласында сатыўға шығарылды. Ал, 1 августтан болса бул каталог АҚШ қалаларында сатыўға қойылады.