Қабыллаўда Жаслар Парламенти ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы, Жаслар ислери агентлиги ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.
Ушырасыўда жаслар тәрепинен "Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы θзбекстан Республикасы нызамының мазмуны ҳәм оны жетилистириўге байланыслы усыныслар тыңланды ҳәм өз ара додаланды. Оннан соң парламент ағзалары ҳәм жаслар ортасында ашық сәўбет болып өтти.
Қабыллаўда жаслардың мүрәжатлары тыңланып тийислиги бойынша шөлкемлерге жөнелтирилди ҳәм айрымларына ҳуқықый түсиник ҳәм усыныслар берилди. Орынлаў ушын жуўапкерлер белгиленди. Мүддет талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.