21.12.2024, Шемби

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўға пуқаралар өз мүрәжатлары менен қатнасты.



Тийкарынан пуқаралар тәрепинен медициналық жәрдем, үй-жай менен тәмийинлеў,  материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.

 


Тийисли тәртипте мүрәжатлар көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.