21.12.2024, Шемби

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.

Қабыллаўға пуқаралар өз мүрәжатлары менен қатнасты.





Тийкарынан пуқаралар тәрепинен медициналық жәрдем, бәнтлик, материаллық жәрдем, контракт төлемлери, мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.





 

Тийисли тәртипте мүрәжатлар көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақыттың өзинде шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.