21.12.2024, Шемби

Hoja.uz каналынан жәрияланған, Биреўдиң “шаңарағын” қыйсайтыўға хақыңыз жоқ! атлы мақалаға рәсмий жуўап.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 4-майдағы “2021-2022-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында”ғы  326-санлы Президиум қарарын орынлаў мақсетинде, 2021-жыл 9-сентябрь күни еркин таңлаў саўдасы (тендер) өткерилип таңлаў жеңимпазы “KAPITAL INNOVATION” ЖШЖ менен  Қарақалпақстан Республикасы Минстрлер Кеңесиниң Бирден-бир буйыртпашы хызмети инжиниринг компаниясы ортасында 2021-жыл 10-сентябрь күни улыўма баҳасы 1 073 385 640 сўмға Шымбай районы, Тазғара АПЖ аймағынан өтиўши Нөкис-Тахтакөпир автомобиль жолының 47 км не “Стелла” қурыў ислери ушын қурылысты кесип алыў (пудрат) шәртнамасы дүзилди. Шәртнама шәртлери бойынша буйыртпашы  инжиниринг компаниясы тәрепинен қурылысты бас кесип алып ислеўши “KAPITAL INNOVATION” ЖШЖ ның есап бетине пул қаржылары өткерип берилди. Алып барылған қурылыс ислерине ажыратылған пул қаржыларының мақсетли жумсалыўы бойынша, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң   Қарақалпақстан Республикасындағы Мәмлекетлик қаржы бақлаў инспекциясы тәрепинен 2022-жыл 22-февраль күни өлшеў жумыслары алып барылып, өлшеў нәтийжесинде қурылыс обьектинде 1,966 300 сом орынланбаған  қурылыс жумыслары анықланған. Анықланған кемшиликлер толығы менен сапластырылып, қурылыс обьекти 2022-жыл 25-апрель күни объекттиң исши акти ҳәм 2022-жыл 7-май күни қурылысты мәмлекетлик қабыллап алыў дәлалатнамасы менен бул объект  толығы менен 2022-жылы 11-май күни Шымбай районы Абаданластырыў басқармасына  тапсырылды. Бүгинги күнде мақалада келтирилген “Стелла” буйыртпашы инжиниринг компаниясы есабынан толығы менен шығарылды.

Жоқарыдағылардан келип шығып ҳүрметли Hoja.uz сайты хызметкерлери, социаллық тармақлар арқалы сын пикирлер тарқатпастан алдын, алып шықпақшы болған мәселени терең үйренип шығыўыңызды соранамыз.