Бүгин 2023-жыл 1-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Тақыятас районы «Балалар үйи»ниң байрам илажына қатнасты.
Илаж даўамында, Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм районның сектор басшылары бүгинги «Халықаралық балаларды қорғаў күни» мүнәсибети менен балаларымызды шын жүректен қутлықлап, кишкентайларымыз ушын арналған саўғаларды салтанатлы түрде тапсырды. Мийманларға балаларымыз тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы инам етилди.
Буннан соң, балалар ушын жаратылған шәрт-шараятлар менен жақыннан танысып, «Балалар үйи»ниң басшысы А.Омирова тәрепинен билдирилген машқала, пикир ҳәм усыныслар тыңланды.