Бүгин 2023-жыл 26-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың нәўбеттеги көшпели қабыллаўы Нөкис районында өткерилди.
Бунда пуқараларымыз тәрепинен медициналық жәрдем, коммуналлық машқалалар, студент жаслардың контракт төлемлери, материаллық жәрдем алыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мүрәжатлер келип түсти. Мүрәжатлер тийисли тәртипте үйренип шығылып, машқаланы унамлы шешилиўи ушын тараў басшыларына тапсырмалар берилди.