21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында физикалық ҳәм юридикалық шахслар ушын қабыллаў өткерилди

Бүгин 2023-жыл 8-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында жеке қабыллаў өткерилди.


Онда, пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, ишимлик суў, электр бағаналарын өзгертиў, үй-жай мәселеси ҳәм т.б. машқалалар билдирилди. Мүрәжатлер тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренилди ҳәм айрым машқалалар орнында унамлы шешилди. Сондай-ақ, республикалық көлеминде шешилетуғын мүрәжатлер орнына шыққан ҳалда үйренилиўи бойынша тапсырмалар берилип, анықланған машқалалар жүзесинен жойбарлар ислеп шығылатуғынлығы атап өтилди.