21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов Қытай мәмлекетиниң «Лиаонинг Лиде (СГ) Инвестмент Ҳолдингс Гроуп Пте. Лтд.» компаниясы ўәкили менен ушырасыўы болып өтти.

Бүгин 2023-жыл 8-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов Қытай мәмлекетиниң «Лиаонинг Лиде (СГ) Инвестмент Ҳолдингс Гроуп Пте. Лтд.» компаниясы ўәкили менен ушырасыўы болып өтти.


Ушырасыў даўамында, бүгинги күнниң әҳмийетли машқалаларының бири болған тәбийий ресурслардан үнемли пайдаланған ҳалда қайта тиклениўши енергиялардан пайдаланыў ушын заманагөй технологияларды еңгизиў бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Еки тәрептиң сәубетлесиўлери нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында Тахтакөпир, Қараөзек, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында 3000 МВтлик самал електр станциясын қурыў бойынша мемарандумға қол қойысты.