21.12.2024, Шемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.Эрманов 1-секторға бириктирилген жаслар ҳәм ата-аналары менен ушырасты

Бүгин 2023-жыл 18-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Ф.Эрманов ҳәм Өзбекстан Республикасы жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги жанындағы Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы П.Мақсетбаевлар1-секторға бириктирилген жаслар ҳәм ата-аналары менен ушырасты.


Ушырасыў даўамында, жаслар ҳәм ата-аналары тәрепинен, медициналық жәрдем, контракт төлеми, бәнтлигин тәмийинлеў, кредит алыў, «Жаслар дәптери»не киритилиўи арқалы оқыў курсларына бийпул қатнаў, сондай-ақ, жас шаңарақлар субсидия тийкарында турақ-жай алыў бойынша машқалалары билдирилди.


Мүрәжат еткен студент жасларымыздың бири Б.Молдабаев ушын оқыўында пайдаланыў ушын ноутбук компьютери менен тәмийинлениўи, З.Карекеев, Қ.Жумабаева, Б.Толыбаев ҳ.т.б жаслар медициналық көриктен өткерилип, операциясы ушын материаллық жәрдем қаржылары ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, мүддет талап етилетуғын мүрәжатлер ушын тийисли тараў басшылары менен биргеликте жол картасы белгилеп алынды.