Бүгин Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында питкериўши курс студентлериниӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыс бериўшилер менен мийнет шәртнамасын имзалаў мақсетинде бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты рауажландырыў комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген илажды филиал директоры А.Есимбетов ашып берип, бүгинги күнде мәмлекетимизде питкериўшилердиӊ бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдардағы Мәмлекетимиз Басшысы тәрепинен белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқталды.
Мийнет ярмаркасында Нөкис қаласы ҳәм районлардан дерлик 40 қа шамалас жумыс бериўши кәрхана ҳәм шөлкемлер өзлериниӊ бос жумыс орынлары менен қатнасты. Илаж даўамында питкериўши курс студентлери ҳәм жумыс бериўшилер жақыннан сәўбетлесип, өзара пикир алмасты. Мийнет ярмаркасында жумыс бериўшилер ҳәм студентлер ортасында 23 мийнет шәртнамасы имзаланды ҳәм студентлер бәнтлигиниӊ тәмийинлениўине ерисилди. Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, бул оқыў дәргайын усы жылы 3 тәлим бағдары бойынша жәми 75 студент питкереди.