Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Президиумының 2021-жыл 16-июль күнги “Қарақалпақ тилин және де раўажландырыў
ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 410-санлы Қарары менен
шөлкемлестирилген Қарақалпақ тилин раўажландырыў фондының Режесинде қарақалпақ
тилин раўажландырыўға байланыслы медиа өнимлерин, компютер,
мобиль бағдарламаларды ҳәм басқа да електрон материалларды таярлаў
жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди. Усы ўазыйпаны
орынлаў мақсетинде “Боокие” қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы
шеңберинде “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.
- Бул платформа – 1982-1992-жыллары китап болып
басылып шыққан “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги”ниң төрт томлығы
тийкарында ислеп шығылды. Бул бағдарламаға көп томлықтағы сөзлер өзгериссиз
киргизиледи. Сонлықтан, бунда
ғәрезсизликке шекемги дәўирге тийисли көплеген сөзлер де ушырасыўы мүмкин.
Бирақ, халқымыз бул сөзлердиң де мәнисин
билиўи керек деп ойлаймыз. Себеби, бул
тарийх. Ҳәзирги ўақытта қарақалпақ тилшилери тәрепинен “Түсиндирме сөзлик”тиң
толықтырлған жаңа жети томлығы ислеп шығылмақта. Бул көп томлықтың жаңа
варианты баспадан шықаннан кейин ондағы сөзлер де басқышпа-басқыш бизиң
платформамызға киритилип барылады. Әлбетте,
бул платформада айырым кемшиликлер болыўы мүмкин. Буны алдағы ўақытларда
басқышпа-басқыш дүзетип барамыз – дейди,
жойбар менеджери Азизбек Дабылов.
Платформа
"Боокие" қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар ҳәм
"КАРСОФТ-ИТ-СОЛУТИОНС" ЖШЖ тәрепинен ислеп шығылды.
Бул жойбар
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин
раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды.
Бул платформа
латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы
ПлайМаркетке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта.
Ўеб платформаның УРЛ мәнзилин (https://tusindirmesozlik.uz) арқалы
излесеңиз болады.