Усы жылдың 9-апрель күни Нөкис қаласындағы Истиқлол балалар дем алыў бағында Нөкис қаласы пуқаралары ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың жеке қабыллаўы болып өтти.
Өткерилген еки күнлик қабыллаўда өзиниң машқалалары менен пуқараларымыз Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығына мүрәжат етти ҳәм оларға орнында шешим табыў илажлары көрилди.
Айтып өтиў орынлы, қабыллаўда пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлардың басым көпшилик мүрәжат орнында унамлы шешимин тапты, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Жоқарғы Кеңеси Баслығы ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тез арада унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.