Бүгин 2023-жыл 10-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Түркия Республикасының «Kentsev» фонд ўәкиллери Вурал Ашар, Мухаммед Халук СУР, Гокхан Белтекин, Гокхан Дилек, Рамазан Каракайялар менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыў даўамында, қурылыс, жол қурылысы, аўыл хожалығы, коммуникация, кән санааты, туризм, темир жол ҳәм аэропорт тараўларында заманагөй технологияларды еңгизиў бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды. Ушырасыў соңында Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен мийманларымыз ушын баҳалы естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.
Сондай-ақ, мийманларымыз өзлериниң жойбарларын әмелге асырыў ушын Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Отеулиев пенен биргеликте аймақларда инвесторлар ушын жаратылған имканыятларды үйренбекте.