2023-жыл 5-апрель күни
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановтың
Беларуссияның Өзбекстандағы елшиси Л.Маринич пенен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының
орынбасары, А.Отеулиев, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетиниң
Қарақалпақстан Республикасы баслығы М.Кайпанов, Қарақалпақстан аўыл ҳәм
агротехнологиялар институты ректоры М.Е.Торениязов ҳәм Самарқанд
мәмлекетлик ветеринария медицинасы,
шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы директоры А.Есимбетовлар қатнасты.
Күн тәртибинде, билимлендириў, аўыл хожалығы, байланыс ҳәм ахборот технологиялары тараўындағы байланысларды еледе жеделлестириў бойынша сәўбетлесиўлер алып барды.
Сондай-ақ, Беларуссия ҳәм Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары арасында аўыл хожалығы тараўында устаз-шәкирт тәжирийбе алмасыў арқалы, шарўашылық, қусшылық ҳәм картошка егиўде заманагөй усыллардан пайдаланыўды жолға қойыў бойынша мәселелер көрип шығылды.