“Арал
теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын
пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” жойбары
Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 1 март күни Қытай Коммунистлик партияси Орайлық комитети сиясый бюросы ағзасы, Синцзянь-Уйғур автоном районы Парткомы секретары Ма Синжуй басшылығындағы ХХР делегациясын қабыл қылды ҳәм ушырасыўда Ѳзбекстан аймақлары ҳәм СУАР ортасындағы ѳз-ара пайдалы әмелий шерикликти жолға қойыў мәселелери кѳрип шығылған еди. Ѳзбекстан аймақларында Қытайдың жетекши компаниялары қатнасында қайта тиклениўши энергетика, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, санаат парклери ҳәм аўыл хожалығы кластерлерин шѳлкемлестириў тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери дыққат орайында болды.
Усы
ушырасыўда келисип алынған бирге ислесиў мәселелерин ҳәм Президентимиздиң
Аралдың қурғап қалған ултанында инновациялық усылларды қолланған ҳалда жасыл
тоғайзарлар ҳәм жасыл қапламалы жайлаўлар жаратыў бойынша қойған ўазыйпаларын
әмелге асырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы
халықаралық инновация орайы мирәти менен усы жыл 31 март куни Қытай Илимлер
Академиясына қараслы Синьцзян экология ҳәм география институтының бир топар
илимпазлары Карақалпақстанға келди.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайында делегация менен ѳткизилген ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары Р.Т.Сапарбаев қатнасты ҳәм тәреплер ортасындағы бирге ислесиўлерди беккемлеў мәселелери кеңнен додаланды. Орай директоры Б.С.Хабибуллаев мийманларға орай тәрепинен алып барылып атырған инновациялық искерлик, әмелге асырылып атырған илимий-әмелий инновациялық жойбарлар, Аралбойы аймағындағы экологиялық машқалалар ҳәм олардың шешимлери ҳаққында презентация жасады.
Ѳз
нәўбетинде, Қытай илимпазлары тәрепинен Арал теңизиниң экологиялық басқарыўында
фотоволтаик технологияны тажирийбе ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериўге дыққат
қаратқан ҳалда Қытайдың жетик инновациялық технологияларын қоршаған орталықты
басқарыўға интеграция қылыў, санаат конвергенциясы ҳәм технология интеграциясы
арқалы Арал теңизиниң экологиялық машқалаларын шешиў бойынша экспериментлер ҳәм
кѳргизбелер ѳткизиўге қаратылған жаңа инновациялық жойбарының презентациясы
ѳткизилди.
Ушырасыў шеңберинде баҳасы 500 мың АҚШ долларын қурайтуғын “Арал теңизи бассейниниң экологиялық тиклениўинде фотоэлектр қуяш энергиясын пайдаланыў тәжирийбесин қолланыў ҳәм кѳргизбели түрде кѳрсетип бериў” инновациялық жойбарын биргеликте әмелге асырыў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайы менен Синьцзян экология ҳәм география институты арасында келисимге қол қойыў мәресими болып ѳтти ҳәм жойбарға старт берилди.
Жойбарды
тийисли халықаралық ҳәм жергиликли шѳлкемлер менен биргеликте 2023-2025-жылларда
әмелге асырыў кѳзде тутылған.
Жойбардың
әҳмийетли тәрепи соннан ибарат, бул жойбар келешекте Аралбойы аймағындағы
аўыллық пунктлеринде күшли шорланған жерлерде «фотоэлектрик + экологиялық»
санаатты раўажландырыў тәжирийбесин тарқатыўға, киши ѳлшемдеги фотоэлектр
станциялары менен энергия сақлаўшы
қурылмалар орнатыў, қуяш панеллери астында галофит ҳәм шѳлге-шорға
шыдамлы ѳсимликлерди ѳсириў арқалы жасыл раўажланыўға ҳәм булар арқалы халықтың
турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет қылады.
Усы орында айырықша келтирип ѳтиўимиз тийис, Президентимиз Шавкат Мирзиёев аймақлар раўажланыўы ҳәм халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 30 март күни Қарақалпақстанға сапары шеңберинде Нѳкис технопаркин барып кѳрген ўақтында “Жасыл” технологияларға тийкарланған инновациялық жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек еңгизиў керек екенлигин айырықша кѳрсетип ѳткен еди.
Иләждан соң қытайлы делегация
Нѳкис районындағы "KPC NUKUS HERBAL
TECHNOLOGY" Ѳзбекстан-Қытай қоспа кәрханасында болды. Кәрхана боян тамыры ҳәм экстарктын Қытай
мәмлекетине экспорт қылып келмекте. Мийманларға кәрханада алып барылып атырған
жумыслар, тараўға еңгизилген жаңа заманагѳй ислеп шығарыў технологиялары
кѳрсетип берилди.
Соңынан мийманлар усы райондағы «Nukus agrofish klaster» ЖШЖ кәрханасының жумыс менен барып танысты. Кәрхана тийкарынан балық ҳәм балық ѳнимлерин жетистириў, шет еллерге экспорт қылыў менен шуғылланып келмекте. Ҳәзирги күнде бир қатар шет мәмлекетлердиң реестрлеринен орын алған. Кәрхана соңғы заманагѳй техника ҳәм технологиялар менен үскенеленген болып, жылына 300 тн балық жетистиреди ҳәм жедел раўажланып атырған кәрханалар қатарына киреди.
Делегация сондай-ақ Академик
Махмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимшилик, виношылық илимий-изертлеў
институтының Кегейли районындағы станциясы интенсив бағын барып кѳрди. Бул
станцияда Республикамыздың кескин ѳзгериўшең ықлымы, күшли топырақ шорланыўы
ҳәм қолайсыз тәбиий шараятларға бейимлескен мийўе нәллерин жетистириў бойынша
жаңа заманагѳй технологиялар тийкарында кең кѳлемли илимий ҳәм әмелий жумыслар
жолға қойылған.
Атап ѳтиў орынлы, интенсив бағ
Германия халықаралық бирге ислесиў
жәмийетиниң аймақлық жойбары шеңберинде заманагѳй инновациялық усылда
жаратылған болып, тәжирийбе-сынаў мақсетинде 0,7 га майданда нәлхана ҳәм 2 га
майданда аналық мийўе бағлары шѳлкемлестирилген ҳәм заманагѳй суўғарыў, тѳгин
бериў системасы менен тәмийинленген. Ҳәзирги күнде бағда алманың 14 сорты ҳәм
алмурттың 2 сорты тәрбияланбақта.
Болып ѳткен ушырасыўлардан соң мийманлар ѳзлериниң алған тәсирлери ҳәм тараўларға инновациялық усыллар менен кѳнликпелерди кеңирек еңгизиў бойынша пикир ҳәм усыныслары менен бѳлисти.