2023-жыл 17-март күни
Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары ҳәм район аймағындағы бәрше
мектеп директорлары районлық ХББне қараслы 6-санлы орта билим бериў мектебинде
болып, оқыўшылар ушын жаратылған бәрше қолайлылықлар менен жақыннан танысты.
Усы мектепте оқып атырған 1-4-класслардағы 413 балаларымызға кейтеринг тәртиби
тийкарында сыпатлы, таза хәм пайдалы азық-аўқатлар менен тәмийинлеў бойынша еңгизилген
жаңа механизм нәтийжелери үйренилди.
Әмелге киритилген жаңа
тәртип балаларымызға ҳәм олардың ата-аналарына ҳәр тәреплеме қолай ҳәм мақул
келетуғынлығы мәлим болды. Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасы
прокуроры Э.Таджиев тәрепинен усы жыл январь айында Хожели районы 9-санлы
мектепте усы таза әмелият енгизилип, бәрше мектеплерде әмелге асырыўға тәртип
берилген еди.
Хожели районындағы
барлық 42 мектеп директорлары қатнасыўында Президентимиз басламасы менен әмелге
киритилген "Кәсипке үйретиў" тәртибине муўапық оқыўшыларымызды
компьютерде дәстүрлеў, нәлшилик, гүлшилик, қосық айтыў, робототехника, тигиўшилик,
тоқымашылық, шет тиллерин үйрениў, әдебий дөретиўшилик, закаўат клубына
қатнастырыў киби әжайып бағдарлар бойынша оқытып атырғанының гүўасы болдық.
Оқыўшыларымыздағы
қәбилийет, қызығыўшылық ҳәм меңгериўшиликлери қатнасыўшыларда үлкен тәсирлер
қалдырды. Президентимиз тәрепинен енгизилген бул әмелият қәншелли дурыс ҳәм
нәтийжели екенлигине және бир мәртебе исеним пайда еттик дейди медиа тур
қатнасыўшылары.