Үлкемизге бәҳәр паслы кирип келди. Жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсиминде Наўрыз байрамын мүнәсип белгилеў ҳәмде Рамазан айын қарсы алыўға таярлық көриў мақсетинде усы жылдың 18-март күни елимизде «Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени астында улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилди.
Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекет комитети баслығының орынбасары Ғ.Қурбонов, сенаторлар, депутатлар, нураныйлер ҳәм жаслар қатнасып, ҳәр бир ўатанласымызды өзиниң жасап турған аймағын, көшесин ҳәм мәҳәллелердеги пуқараларды абаданластырыўға белсене қатнасыўға, шембилик күнлери халықтың, әсиресе, жаслардың санасында «Абадан турмыс кеўилден басланады» деген түсиникти терең сиңдириў, өз үйин, мәҳәллесин таза, азада сақлаў, абат болыўына үлесин қосыў, бул процесслерге жәмлескен ҳалда, жәмәәт болып қатнасыў үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Буннан
соң, белгиленген аймаққа шембилик қатнасыўшылары тәрепинен декоратив ҳәм
мийўели нәллер егилди.