2023-жыл 28-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары – Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Расул Зарикеев туризм тараўында өз искерлигин алып барып атырған бир қатар исбилерменлер менен ушырасыў өткерди. Ушырасыўда дәслеп Расул Зарикеев бүгинги күнде туризм тараўын еледе раўажландырыў бойынша алға қойылған режелерди, атап айтқанда 2023-жыл туристлик мәўсимине таярлық көриў, жыл даўамында өткерилетуғын мәдений кеўилашар илажларды туристлерге кеӊ ен жайдырыў ҳәмде шет ел базарларында Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалын сәўлелендириў илажларын атап өтти.
Буннан соӊ, илаж қатнасыўшылары тараўда ушырасып атырған машқалаларды ҳәмде өз усынысларын айтып өтти. Солар қатарында “СТИХИЯ” фестивалиниӊ өткерилиў орны Өзбекстанныӊ басқа аймағына көширилиў себепли Мойнақта туристлерди тартыўшы жаӊа илажларды еӊгизиў, сырт еллерде өткерилип атырған туристлик ярмарка ҳәм форумларында жергиликли туристлик қәрханалардыӊ қатнасыўы, соныӊ менен бирге тараўда жас кадрлар менен тығыс ислесиў олардыӊ әмелий жақтан жантасыўы ҳәмде жаӊа идеялар алмасыў бойынша усыныслар берилди.
Жоқарыда билдирилген пикир ҳәм усыныслар бойынша жуўапкер қәнигелерге тйиисли тапсырмалар берилди. Соныӊ менен бирге исбилерменлер ҳәм туризм жөнелисинде билим алып атырған жаслар менен жақын арада кеӊ көлемли ушырасыў шөлкемлестириў додаланып алынды.