Айырым
мектеплерде оқыўшыларға сапасыз азық-аўқат өнимлери берилип атырғанлығы
анықланды
Өзбекстан Респбликасы Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 25-август күнги «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўалаятында жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын еле де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 472-санлы қарары талапларының орынланыўы ҳәм балалардың сапалы азық-аўқатлық затлар менен тәмийинлениўин қадағалаў бойынша Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен Кегейли районында жайласқан Халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-8-19- ҳәм 55-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде Санитария эпидемиология басқармасы хызметкерлери тәрепинен алып барылған үйрениў жумыслары нәтийжесинде бир қанша қопал қәте-кемшиликлер анықланды.
Атап айтқанда, балаларға берилип атырған азық-аўқат өнимлери белгиленген нормадан аз муғдарда, сондай-ақ, ишимлик суўы менен тәмийинленбеген ҳәмде ыссы чай менен тәмийинлеў ушын үскенелер толық орнатылмаған.
Ең ашынарлысы азық-аўқат ɵнимлериниң сапасы үйренилгенде, алма мийўеси тутыныўға жарамсыз (ширик) жағдайда, соның менен бирге, қадақланған өнимлер зыянкеслер менен патасланған.
Буннан тысқары, бул азық-аўқат өнимлери арнаўлы автотранспортларда емес, жолаўшы тасыўшы транспортлар арқалы жеткерип берилмекте. Соның менен бирге айырым мектеплерде ҳәр күнлик азық-аўқат өнимлериниң сапасын қадағалап алыўшы комиссия қурамы дүзилмеген.
Бүгинги күнде анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳәм жуўапкерлерге шара көриў бойынша қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тийисли тәртипте жумыслар алып барылмақта.
Соныда айрықша атап өтиў орынлы, балаларды аўқатландырыў талапларының орынланыўы бойынша республикадағы барлық мектеплерде үйрениў жумыслары алып барылады ҳәм бийпәрўа болған мектеп директорлары менен жуўапкерлерге қатаң жаза шара көриледи.