02.01.2025, Пийшемби

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди.

Бүгин 2023-жыл 13-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында аппарат мәжилиси өткерилди.

Бунда,Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасарларының есабаты тыңланды.


Мәжилисте төмендеги:

- Экономика тараўы – базардағы азық-өнимлери баҳаларының тийкарсыз асырылыўы, бюджет түсимлериниң өз ўақтында орынланбаўы, исбилерменлик субъектлериниң ашылғанына бир жыл болмастан жаўылып атырғаны;

- Қурылыс – мектеп, мектепке шекемги ҳәм тағы басқада қурылыс объектлериниң өз ўақтында сапалы қылып питкерилмегени ҳәм қаржысы шешилген жол қурылысының усы күнге шекем тендерге қойылмағаны;

- Инвестиция – экспорт етиўши өнимлеримиздиң азайып кетиўи ақыбетинде, импорт өнимлерине болған талаптың артып атырғанлығы, яки, исбилерменлер өз жумысларын баслаўы ушын тосық болып турған машқалалар;

-  Социаллық тараў – мәмлекет хызметшилериниң ҳәр алты айдан медицианалық көриктен өтиўи, жасларымыз арасында жынаятшылықтың көбейип кетпеўи ушын олардың қызығыўшылығына қарап, оларды дурыс жолға бағдарлаў;

- Аўыл хожалығы – егислик жер майданларына суўды тежеўши технологиялардан пайдаланыў, яғный, суў көп талап ететуғын салы егинин азайтыў;

- Ҳаял-қызларымыздың мүрәжатларын үйрениў, күнлери ысыўы менен «Жасыл мәкан» жойбарының әмелге асырылыўы, республиканың ҳәр бир аймағына интернетте жетип барыўы;

- Мәлимлеме сиясаты – мәмлекетимизде президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды кең жәмийетшиликке ен жайдырыўда қала ҳәм районлардағы Мәлимлеме хызметиниң жумысларын еле жеделлестириў ҳәм ҳәр бир басшы социал тармақларда өзиниң жеке бетин ашып, халықтың тиккелей мүрәжатын қабыллаў ҳәм ашық сәўбетин жолға қойыў бойынша мәселелер көрип шығылды.



Соның менен бир қатарда, тараў басшылары тәрепинен өз жумысларына немқурайлық пенен қарағанлығы ушын тийисли жаза шаралары қолланылды.