2023-жыл 9-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Мәлимлеме хызмети басшылары менен ушырасты.
Күн тәртибиндеги мәселелелер жүзесинен мәжилис басқарыўшысы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февраль күни “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы 52-санлы қарары қабыл етилгени, қарар тийкарында ири көлемли жумыслар алып барылыўы режелестирилгени атап өтилди.
Соның менен бир қатарда, алдағы ўақытлары
төмендегише:
- Ҳәр бир сын көзқарастан шығарылған
мақалаларға өз ўақтында рәсмий мүнәсибет бериў мәселесин көрип шығыў;
- Мәлимлеме хызмети басшылары тәрепинен веб-сайт ҳәм
социаллық тармақларда шығарған ҳәр бир мағлыўматтың фото, видео сыпатына
тиккелей жуўапкер екенлиги;
- Бүгинги күнде елимизде болып атырған унамлы өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды кең жәмийетшиликке жеткериўде алып барылып атырған жумысларды еледе жеделлестириў бойынша ис-илажлар ислеп шығылыўы бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.