02.01.2025, Пийшемби

2023-жыл 8-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Нуразизов басшылығында қала ҳәм районлардың дин ислери бойынша бас қәнигелери менен ушырасыўы болып өтти.

2023-жыл 8-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Р.Нуразизов басшылығында қала ҳәм районлардың дин ислери бойынша бас қәнигелери менен ушырасыўы болып өтти.




Онда республикамызда ҳәзирги күнде диний-ағартыўшылық тараўында, елимизде алып барылып атырған өзгерислер, жаңалықлар ҳәм өсип киятырған әўладты Ўатанға садықлық, миллий-диний қәдириятларымызға ҳүрмет, түрли миллет ҳәм дин ўәкиллерине кең пейиллик руўхында тәрбиялаў ҳәмде терроризм, экстремизм сыяқлы ҳәр түрли ағымлардан жасларды асыраўға қаратылған, тийкарынан, «ғалабалық мәденият»тың түрли иллетлеринен қорғаў, социаллық тармақларда жаман иллетлерге баслаўшы жат идеалар сиңдирилген баянатлардың адамлар санасына болып атырған унамсыз тәсирлери ҳәм оның ақыбетлери, жаслар арасында бақланып атырған жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтың алдын алыў бойынша бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте.


Ушрасыўда республикамызда социаллық-ағартыўшылық жағдайдың турақлылығын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди ҳәм қәнигелерге зәрүр тапсырмалар берилди.