2023-жылдың 7-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов «Karakalpak sement» ЖШЖның ўәкиллери менен ушырасты. Ушырасыў даўамында, Президентимиз тәрепинен 2022-жыл 28-январь күни «2022-2026-жылларға мөлшерленген жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы пәрманына тийкар санаат тараўында «Жасыл экономика»ға өтиў ҳәм қайта тиклениўши энергия ресурсларынан пайдаланыў усылларын кеңейтиўди жолға қойыў мақсетинде Қараөзек районы аймағында жаңадан 2 ири инвестициялық жойбардың әмелге асырылыў механизмлери бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды.
Атап
айтқанда:
Биринши: 51,0 млн. АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы «Эко комплекс Қараөзек» жойбарын әмелге асырыў, яғный 50 МBт күшлениўге ийе қуяш электр станциясын иске түсириў нәзерде тутылған. Жойбардың қурылыс жумыслары даўамында 280 пуқараның бәнтлиги тәмийинленсе, қуяш электр станциясы иске түсирилгеннен соң 150 пуқара турақлы жумысқа жайластырылады;
Екинши: 110 млн. АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы 100 МBт күшлениўге ийе самал электр станциясын қурыў нәзерде тутылған. Бунда, 51,0 млн. АҚШ доллар өз есабынан ҳәм 59,0 млн. АҚШ доллары сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылыўы режелестирилмекте. Жойбардың қурылыс жумыслары ушын 150 пуқара ҳәм самал электр станциясы иске түсирилгеннен соң 50 пуқараның бәнтлиги турақлы түрде тәмийинленеди.