Мәмлекетлик_пуқаралық_хызметшилерин_социаллық_қорғаӯ
Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметин раӯажландырыӯ агентлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Денсаӯлықты сақлаӯ министрлиги менен биргеликте Министрлер Кеңеси ҳәмде Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимликлери хызметкерлери бирлемши медициналық көриктен өткерилмекте.
Тийкарғы мақсет кеселликлерди ерте басқышта анықлаӯ ҳәм кеселликлердиң алдын алыӯ арқалы мәмлекетлик хызметшилердиң өз искерлигинде нәтийжеликке ерисиӯин тәмийинлеӯден ибарат.
Медициналық көриклер даӯамында шыпакерлер тәрепинен саламат турмыс тәризине әмел етиӯ, дурыс аӯқатланыӯ, кеселликлердиң алдын алыӯ бойынша мәсләҳәтлер де берилмекте.
❗️Медициналық көрик тастыйықланған реже-графикке тийкар 2023-жылдың 16-февраль сәнесине шекем даӯам етеди.
Еслетип өтемиз, “Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында”ғы нызамда мәмлекетлик пуқаралық хызметшисине медициналық хызмет көрсетиӯ социаллық қорғаӯ илажы сыпатында кепилленген.