02.01.2025, Пийшемби

2023-жыл 31-январь күни Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында 2023-жылдың аўыл хожалығы тараўында жетистирилетуғын азық-аўқатлық өнимлердиң көрсеткишлери додаланды.

Бүгин 2023-жыл 31-январь күни Хожели районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында 2023-жылдың аўыл хожалығы тараўында жетистирилетуғын азық-аўқатлық өнимлердиң көрсеткишлери додаланды.

Онда, Республика тәрепинен бириктирилген исши топар ўәкиллери, сектор басшылары, аўыл хожалығы тараўында ислеўши хызметкерлер ҳәм фермерлер қатнастырылып, шарўашылық, балықшылық, қусшылық ҳәм тағы басқада тараўлары бойынша ис-илажлар белгилеп алынды.

Министрлер Кеңеси Баслығы бүгинги күнде районда әмелге асырылып атырған реформалардан гөзленген мақсет егислик жер майданларынан үнемли пайдаланыў, жаңа суўғарыў системасын еңгизиў арқалы өнимдарлықты арттырыў, фермерлер дәраматын асырыў ушын экспорт болатуғын егин түрлерин еледе көбирек жетистириў нәтийжесинде базарларымыздағы азық-аўқатлық өнимлердиң баҳалар турақлығы тәмийинленеди деп айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, район сектор басшыларына қабыл етилген ис-илаждың өз ўақтында орынланыўы ҳәм қадағалаўы бойынша көрсетпелер берди.