Бүгин 2023-жыл 26-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Глобал жасыл өсиў институтының (GGGI) ўәкиллери менен ушырасты. Онда, «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў инвестициялық жойбары»н әмелге асырыў бойынша бир қатар ис илажлар белгилеп алынды. Яғный, жоңышқа, гүнжи егинлерин егиў ҳәм жер асты суўларынан пайдаланыў ушын жаңа технологиялар алып келинип, жергиликли қәнигелер оқытылыўы бойынша жаңа жойбарлар ислеп шығылды. Сондай-ақ, билимлендириў тараўында иновациялық оқыў усылын енгизиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министрлиги ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) менен биргеликте Меморандумға қол қойды.