02.01.2025, Пийшемби

978 ҳаял үй-жай менен тәмийинленди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси мәжилислер залында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында Шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў” бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды.

2022-жыл 7-марттағы ПП-87-санлы қарары шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жаңа басқышқа алып шықты. Усы пәрманға муўапық ҳаял-қызларға 40 тан аслам жеңиллик ҳәм имканыятлар жаратылды.

2022-жыл даўамында:

-       37 мың 591 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди (2021-жыл 25 526 ҳаял-қыздың);

-       9385 ҳаял-қыз кәсип-өнерге оқытылды (2021-жыл 5408 ҳаял-қыз);

-        21 845 ҳаял-қызға 474 млрд 662 млн сом кредит;

-  3959 ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 15,7 млрд сом субсидиялар ажыратылды.

-  Жәрдемге мүтәж 111 шаңарақтың қызлары қосымша квота бойынша жоқары оқыў орнына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға оқыўға қабыл етилди.

-  150 социаллық жағдайы аўыр студент қыздың 1,6 млрд сомлық контракт пуллары бюджет прогнозының қосымша дереклери есабынан төлеп берилди. 5535 студент қызға 42 млрд 789 млн сом муғдарында пайызсыз тәлим кредитлери қаплап берилди.

-  жеке секторда ислеп атырған ҳаял-қызларға ҳәмледарлық напақа мәмлекет тәрепинен қаплап бериў системасы енгизилди.

-  33 813 ҳаял-қыз “Ҳаяллар дәптери”не киритилип, соннан 33 762 ҳаял-қызға әмелий жәрдемлер көрсетилди;

-  2700 ҳаял-қыз саяхатын шөлкемлестириў ушын Республика бюджетинен 1,7 млрд сом қаржы ажратылды.

-  958 ҳаял-қыздың үй-жайлары қайта оңлаўдан шығарылды,

-  978 ҳаял үй-жай менен тәмийинленди.

-  333 мың ҳаял онкоскрининг көригинен өткерилди.