Бүгин 2023-жыл 9-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов тәрепинен пуқаралардың машқаласы тыңланды. Бунда, пуқаралар кадастр, жумыс мәселеси, кредит ҳәм туризмди раўажландырыўдағы иркилис болып атырған машқаласын билдирип, мүрәжатлар тийисли тараў ўәкиллери менен биргеликте үйренилди. Сондай-ақ, жумыс сораған мүрәжатшилердиң мәселеси унамлы шешилди ҳәм айрым мүддет талап етилетуғын машқалалар ушын тийисли исши топар дүзилип, орнына шыққан ҳалда үйренилетуғын болды.