Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Мойнақ районындағы инвестиция жойбарлары менен жақыннан танысты. Онда, исбилерменлердиң бүгинги күндеги машқалалары тыңланып, исши топарға тийисли тапсырмалар берилди ҳәм айрым мәселелер өз орнында унамлы шешилди. Буннан соң, район активлери ҳәм мәҳәлле баслықлары менен ушырасып, пикир, усыныс ҳәм мүрәжатлери тыңланды.