Бүгин 2022-жыл 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов «Мүриўбет» үйинде мийманда болды. Онда, ҳаял-қызларымыз ушын жаратылған шәрт-шараятлар менен жақыннан танысып, директор Л.Ким тәрепинен билдирилген пикир, усыныс ҳәм машқаллары тыңланды ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығы тийисли тараў басшылары менен тез арада унамлы тәрепке шешилетуғынлығын атап өтти. Буннан соң, «Мүриўбет» үйине арналған қымбат баҳалы саўғалар салтанатлы түрде тапсырылып, концерт бағдарламасы инам етилди.