02.01.2025, Пийшемби

Шымбай районының социаллық-экономикалық раўажланыў тенденциялары белгилеп алынды

Бүгин 2022-жыл 26-декабрь күни Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында райондағы әмелге асырылған жумыслар комплексли түрде додаланды.


Райондағы исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жеңиллетилген кредитлер арқалы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў көрсеткиши жүдә төменлиги, қурылыс тараўындағы ишки жоллар, ишимлик суўы, газ, электр тармақларындағы насазлықлар ҳәмде социаллық объектлердиң қурылыс жумыслары ўақтында жуўмақланбағаны қатаң түрде сынға алынды.


Бул комплексли ислерди жеделлестириў ҳәм сапластырыў мақсетинде Республика штабы дүзилип, жыл жуўмағына шекем ис-режеси белгилеп алынды ҳәмде районды кәмбағаллықтан шығарыў системасының жол картасы бойынша тийисли тараў басшыларына өз көрсетпелерин берип өтти.