Бүгин 2022-жыл 25-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында Тақыятас районында көшпели қабыллаў өткерилди.
Онда, пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, ишимлик суў, электр бағаналарын өзгертиў, үй-жай мәселеси ҳәм т.б. машқалалар билдирилди.
Мүрәжатлер тийисли тараў басшылары менен биргеликте үйренилди ҳәм айрым машқалалар орнында унамлы шешилди.
Сондай-ақ, республикалық көлеминде шешилетуғын мүрәжатлер орнына шыққан ҳалда үйренилиўи бойынша тапсырмалар берилип, анықланған машқалалар жүзесинен жойбарлар ислеп шығылатуғынлығы атап өтилди.