Усы жылдың 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов басшылығында Хожели районында штаб шөлкемлестирилди. Штаб жыйналысына Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жуўаплы хызметкери Ф.Азизов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги директоры орынбасары А.Мусаевлар қатнасты.
Онда, Хожели районындағы МПЖ ҳәм АПЖда социаллық-экономикалық раўажланыў тенденцияларын белгилеп алыў, социаллық жағдайы аўыр шаңарақларды анықлаў, халық бәнтлиги менен шуғылланыў, сондай-ақ, газ жетип бармайтуғын аймақларды қыс мәўсиминде суйылтырылған газ ҳәм көмир менен үзликсиз түрде тәмийинлеў бойынша мәселелер көрип шығылды.
Район штабына бириктирилген ҳәр бир министрлик, басқарма ҳәм комитет ўәкиллерине үйме-үй жүриў арқалы анықланған машқалаларды басқышпа-басқыш унамлы шешиў бағдарламасын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берип өтти.
Буннан соң, Министрлер Кеңесиниң Баслығы районда арзанластырылған саўда ярмаркасындағы азық-аўқатлық өнимлердиң баҳалары менен танысты.