30.12.2024, Дүйшемби

Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Шымбай районындағы социаллық жағдайы аўыр шаңарақлардың жасаў шараяты менен жақыннан танысты.

Бүгин 2022-жыл 10-декабрь күни Шымбай районы ҳәкимлиги имаратында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев басшылығында исши топар ағзаларының қатнасыўы менен Штаб шөлкемлестирилди.


Бунда, район турғынларының социаллық жағдайын үйрениў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў, қыс мәўсиминде пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң барлық илажларын көриў кереклиги бойынша тийисли көрсетпелер берилди. Буннан соң, социаллық жағдайы аўыр шаңарақлардың үйлеринен хабар алынып, зәрүр болған тутыныў буйымлары, суйылтырылған газ, көмир ҳәм азық-аўқат өнимлери апарып берилди.


Соның менен бир қатарда, исши-топар ағзаларыда социаллық объектлердиң бүгинги жылытыў системасы ҳәм бириктирилген шаңарақлардың жасаў шараяты менен жақыннан танысып, әмелий жәрдемлер көрсетилди ҳәм машқалалары тыңланды.