2022-жыл 7-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен Республика белсендилери менен ушырасты.
Онда, Министрлер Кеңесиниң Баслығы бүгинги байрам менен бәршени шын жүректен
қутлықлап, илаж мүнәсибети менен бир қатар тараўларда жемисли мийнет етип
киятырған пидәйы инсанларға өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирди ҳәм де «Өзбекстан
Конституциясының 30 жыллығы» көкирек белгисин салтанатлы түрде тапсырды.