Бүгин 2022-жыл 3-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм Наўайы ўәлаятының ҳәкими Н.Турсуновлар Шымбай районындағы бир қатар социаллық объектлердиң салтанатлы ашылыў мәресимине қатнасты.
Илаж даўамында, ўәлаят қәўендерлиги тийкарында «Мүриўбет» үйинде «туберкулёз» кеселлегине қарсы емлеў ушын қосымша имарат бой тикледи, сондай-ақ, «Кеңес» АПЖ ушын жаңадан қурып питкерилген имаратлары нураныйлардың дуўа пәтиялары менен пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бир қатарда, спорт майданшалары ҳәм балалар бақшасының қурылысы менен жақыннан танысты.
Буннан
соң, ҳәкимликтиң мәжилислер залында район белсендилери менен ушырасты.