21.12.2024, Шемби

“Мастер-жойбар”ларды ислеп шығыў

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 4-октябрь күнги 548-Ф-санлы Бийлигиниң 4-бәнти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2022-жыл 17-октябрь күнги 252-13-0-Ф/22-санлы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис қаласындағы «Халықлар дослығы» ҳәмде «Жеке терек» мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм оған тутас аймақлардағы мәҳәллелерди раўажландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компания»сы буйыртпашылығында аймақларды раўажландырыўдың бирден-бир концепциясы - “Мастер-жойбар”ын ислеп шығыў бойынша хызметлер тараўы раўажланған мәмлекетлердиң консалтинг, архитектура ҳәм жойбарлаў компаниялары экспертлери менен биргеликте “Мастер-жойбар”ларды ислеп шығыў бойынша қосымша ең жақсы усынысларды әмелге асырыў бойынша таңлаў дағазалайды.

“Мастер-жойбар”ларды ислеп шығыў процесин 2023-жыл 1-мартқа шекем жуўмақлаў, оларды Республика қурылыс министрлиги жанындағы аймақлық архитектура-қаласазлық Кеңеслери менен келисилген ҳалда тастыйықлаў талап етиледи.

Шет ел компаниялар тәрепинен мастер жобаларды ислеп шығыў усыныслары ҳәм басқа тийисли ҳүжжетлерди усыныў мүддети 2022-жыл 23-декабрь күнине шекем.


Баҳалаў критериялары :

1. Техникалық тастыйықлаў сапасы (көриў+жантасыў): 30 %.

 2. Жойбар командасының сапасы (қәнигелер): 20 %.

 3. Портфолио ҳәм соған уқсас жойбарлар (тәжирийбе) 20 %.

 4. Жумыс жобасы (кесте): 10 %.

 5. Финанслық усыныс (баҳа): 20 %.

Усынысларды усыныў ушын :

Буйыртпашы: Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң бирден-бир буйыртпашы хызмети Инжиниринг компаниясы

 Електрон почта : injkomp_kk@mail.ru

 Телефон : +99861 224-12-42 +99861 224-04 -78

 Мәнзил: Қарақалпақстан Республикасы, 230100, Нөкис қаласы, Қ.Улуғбан көшесы 59-А үй.


The Republic of Karakalpakstan with "Single customer service" Engineering Company which considers the development of the concept of the areas - the field of "Master-plan" development services announces a competition with experts from consulting, architecture and project companies of developed countries to select the best projects for the development of "Master-plans" with exception in order to ensure the implementation of  4 th paragraph of the order № 548 dated on October 4, 2022 of the Cabinet of Ministers of the Republic of Uzbekistan  for the development of the "Xalqlar dosligi" and "Jeke Terek" in arrays and depended on its neighboring areas in Nukus city .

It is required to complete the development process of "master plans" and approve them in agreement with the Republican architectural and urban planning councils under the Ministry of construction of the Republic of Karakalpakstan by March 1, 2023.

The deadline for foreign companies to submit proposals for the development of "master plans" and other relevant documents is until December 23, 2022.