⚡️Мәмлекетлик
пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етилиўин
тәмийинлеў мәселелерине бағышланған оқыў-семинары болып өтти
Бүгин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 14-октябрдеги “Мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы 595-санлы Қарарының мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша оқыў-семинары өткерилди.
Оқыў-семинарына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары, инсан ресурслары, юридикалық хызмет, жәмийетшилик пенен байланыслар, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ишки қадағалаў дүзилмелери хызметлериниң баслықлары ҳәм хызметкерлери, студиялардан район (қала) ҳәкимликлери, ҳәким орынбасарлары, сектор басшылары, мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлердиң район (қала) бөлимлери басшы ҳәм хызметкерлери ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев ашып берди ҳәм басқарып барды.
Өткерилген үгит-нәсият илажында Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы С.Данияров, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәмлекетлик хызметлер департаменти баслығы С.Абдуллаев, Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри орынбасары Э.Турсунов, Әдиллик министрлиги жанындағы Юристлер маманлығын асырыў орайының аға оқытыўшысы В.Усмоновлар тәрепинен Қарардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, қабыл етиў зәрүрлиги, Қарардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў бойынша биринши гезектеги ўазыйпалар, мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң кәсиплик мәденияты, жумыс ҳәм жумыс ўақтынан тысқары ўақыттағы әдеп-икрамлығы, сыртқы көриниси ҳәм кийиниў усылына байланыслы қағыйдалар, жәмийетшилик ўәкиллери менен ислеў, мәплер тоқнасыўы ҳәм коррупцияның алдын алыў ҳәмде әдеп-икрамлық комиссияларының жумыслары бойынша толық мағлыўматлар берилди.
Семинар қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.