30.12.2024, Дүйшемби

Кегейли районында ишимлик суўын жақсылаў ҳәм ишки жолларды реконструциялаў мақсетинде 6 млрд. 922 млн. сом қаржы ажыратылады

2022-жыл 22-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районындағы белсендилери менен ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 408-санлы қарары менен Қарақалпақстанда 2022-2023-жылларда 252 мәҳәлледе жәми 259 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 млрд.сомлық қаржылар ажыратылтуғынлығы, соның ишинде, тек ғана Кегейли районы бойынша 12 проектте 6 млрд. 922 млн.сомлық ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў, ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылатуғынлығын атап өтти.

Мажилис жуўмағында жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге жәми 12 млрд 334,4 млн.сом муғдарында қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы айтып өтилди.

 

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети