2022-жыл 21-ноябрь күни Саўда санаат палатасы мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги департаменти директоры М.Хакимов, «Энерготежамкорлик» фонды бөлим баслығы О.Ахмедов, Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жойбар баслығы А.Алимбаев қатнасыўында,
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-сентябрь күнги «Энергия тежеўши технологияларды енгиздириў ҳәм киши қуўатлы қайта тиклениўши энергия дереклерин раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы» ПП-220-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде көргизбели семинар болып өтти.