Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында исбилерменлердиң искерлигине тосқынлық болып атырған ҳалатлар комплексли түрде үйренилди.
Онда, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм тийисли тараў басшылары қатнасып, бүгинги күнде исбилерменлигин баслаў ушын газ, электр энергиясы, суў тармағына жалғаў ҳәм тағыда басқа машқалалары көрип шығылды.