Усы жылдың 14-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев басшылығында Президиум мәжилис болып өтти. Күн тәртибинде төмендеги:
1) Елимиз басшысының
Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берген тапсырмаларының
орынланыўы;
2) Атқарыў тәртиби;
3) Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь күнги ПҚ-408-санлы қарарының орынланыўы;
4) Қуяш панеллерин
орнатыў;
5) Гүз-қыс мәўсимин зыянларсыз өткерип алыў бойынша мәселелер көрип шығылды.
Мәжилистеги машқалалар
айрықша қадағалаўға алынып, анық ҳәм мәнзилли орынланыўы ушын ис-илажлар режеси
белгилеп алынды.