Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында "Жаңа нәпес" ғалабалық жуўырыў марафоны болып өтти.
Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, спорттың денсаўлыққа пайдасы ҳәм турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында атап өтти.
Жәми 3 км аралықты қамтып алған марафонда министрлик ҳәм мәкеме басшылары, нураныйлар, студент-жаслар, имканияты шекленген спортқа қумар кеўиллилер ҳәм басқа да бир қатар қатнасыўшылар старт алды.
Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткен марафон жуўмағында жарыс жеңимпазлары сыйлықланып, белсенди қатнасыўшылар мүнәсип хошаметленди ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.