Бүгин «Пашент таў» аўыл пуқаралар жыйынында жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм аймақ халқыныӊ мүтәжлигинен келип шығып, халыққа хызмет көрсетиўди жолға қойыў мақсетинде «Мавлюда шебер» ислеп шығарыў кооперативи өз жумысын баслады.Сондай-ақ бул «Мавлюда шебер» ислеп шығарыў кооперативи менен район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм усы аймақтың сектор баслығы С.Утамбетовлар танысып енди жумыс баслап атырған жас исбилерменге әӯмет тиледи.
Кооператив баслығы Мавлюда Сабирова бул ҳаққында толқынланып:
- Алдын жумыссыз едим, қолымда өнерим болғанлығы себепли, кишигирим кийим-кеншек тигиў цехын ашыў нийетим бар еди. Усы мақсетте аймағымыздағы ҳәким жәрдемшисине мүрәжат еткен едим, маған 45 миллион сўм муғдарында субсидия ажыратылып, кооператив ашыўыма, өзим ҳәм өзим усаған 15 жумыссыз ҳаял-қызлардыӊ жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўине еристим. Буның ушын мен Президентимизе, ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.
Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети