Социаллық-экономикалық раўажланыўы ҳәм турмыслық машқалалары
бар болған Кегейли районындағы Ақтуба аўыл пукаралар жыйынында елатлы
пунктлердиң архитектуралық көринисин жақсылаў, жол транспорт инфраструктурасы,
инженерлик коммунакация тармақларын тартыў ҳәм абаданластырыў жумысларын
шөлкемлестириў бойынша "Абат аўыл" бағдарламасы тийкарында илажлар
алып барылмақта.
Бағдарламаға муўапық, аўыл пуқаралар жыйыны аймағында
баҳасы 2 млрд.735 млн.сўм болған 7,5 км
ишки жолларды оӊлаў жумыслары алып барылмақта. Ал, аймақтағы Қарасыйрақ
аўылының орайлық көшесине жәми 500
метр узынлықтағы цементобетон
қапламалы жол қурылысы жумысларын әмелге
асырыў белгиленген болып, бүгинги күнде жумыс кɵлеми сапалы орынланып, аймақ
турғынларына пайдаланыўға тапсырылды. Жаратылған қолайлық ҳәм жоқары итибар
ушын аймақ турғыналарының куўанышы өз алдына болмақта.